Русский
Открыть в Telegram
ИИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

@ibratli_sozler · канал · Образование · в индексе с 16.06.2026
18 052подписчиков
3 982средний охват поста
22.1%ER — охват к подписчикам
290постов за 30 дней
Фотография
#Қарақалпақнама "Билимлендириўдиң тийкарғы мәниси - адамды дурыс шешим қабыл етиўге үйретиў". ✍Төлепберген Қайыпбергенов, "Қарақалпақнама". https://t.me/ibratli_sozler
💯22👍7❤4
4 · 852 ·
🦢. Орынбасқан . из басқан . - 13 - Қашан қарама күлип турады. . Жеңгем екинши мәрте балалы болған соң оған гә әжем, гә өзиниң анасы келип қарасатуғын болды. Мениң енди бурынғыдай ўақтым бола бермеди және мектебим өзимниң үйиме жақын. Бул жерге онша көп келе бермеген соң Таня менен Надяны да көре бермейтуғын болдым. Ҳәр ўақта әжағам үйге келгенде: " досларың сорап атыр, саған сәлем айтып атыр, әсиресе Таня ",- деди. Мен: . - Билемен Таняның сорайтуғынын, мен де оларды ойлап жүрген едим, Мейли им привет передайте!- дедим. Оқыўыма қызығып кеттим. Жақсы баҳалар аламан. " бес " баҳасын алсақ муғәллим қалың картон қағаздан үлкен етип " 5⃣ " баҳасын соғып қолымызға берип жибереди. Бизлер оны көше бойлап үйимизге дейин көтерип келип, ертесине және мектепке дейин парадта жүргендей көтерип барар едик. Ҳәр күни соны алыўға ҳәрекет етемиз. Соң " Ленин " қызыл партасында отыратуғын болдық. Бир күнлери әжағам және қыдырып келди. Бул сапары дядя Вася сорап атырғанлығын айтты. Мен кеткен соң бираз қыйналыпты, соң қызша оларға үйренискен. Оларға да сәлем жолладым. Әжемниң үй бетине бурынғыдай тез - тез бара алмайтуғын болдым, тек ғана жазғы дем алыста баратуғын болдық. Арадан үш - төрт жыл өтти. Негедур жеңгемниң соңғы ўақта мазасы қаша берди. Айтыўынша соңғы баласын дүньяға келтирген соң самаллап аўырған екен. Сол - сол екен бети бери қарамады. Сол себепли әжем аўылдан артынып - тартынып келди ҳәм балларына өзи қарады. Жеңгем болса тез - тезден емлеўханада жата берди. Үйдиң иши бирдеңелерди берип жибереди, мен барып хабар алып қайтаман. Әжағамның үйине емин - еркин өзим барып келе беретуғын болдым, ақыры есимизди билетуғын болып қалғанбыз. Ҳәр барып келгенимде Таня менен Надяны көрип тураман. Бала емеспизбе қол жырылды дегеннен дәрҳал ойнаймыз. Соң оларға: " кететуғын ўақтым болды мен кетемен",- деп урман - пурман босаған ыдысларды алып қайтаман. " Айландырған аўырыў алмай қоймас "дегендей, әжағамның басына аўыр күнлер … Читать полностью →
❤10
83 ·
🦢. Орынбасқан, . из басқан . - 14 - Таня: . - Мы наверное тоже переходим... . - Мои родители так говорять, уже они собирают,- деди Таня көзиниң жасы айланып ҳәм мени қушақлады. Екеўмиз бир - биримизди қыймай қушақласып жыластық. Мен: . - Танюша останься не уходи, не переезжай! Я без вас скучаю, не уходи!- дедим. Таня: . - Мне тоже уйти от родины не хочеться! Мне жаль! Мне здесь одному некогда, если - б рядом со мной кто нивудь остаёться, мне тоже оставаться хочеться. Но сожелению родительям нет работы, раньше Арал была, раньше у моей родительям работа была. Теперь нет -Арала, теперь некогда жить, говорять родители,- деди көзиниң жасын сүртип Таня. Ол және: . - Приходишь по прощаться со мной? Мен: . - Когда? Ол: - Во вторник Мен: . - Приду, как мне не придти,- дедим . Айтқанындай екинши күни барсам, үйиниң иши бортовой машинаға кишилеў тентти үлкен арқанлар менен байлап түйип қойған екен. Таня мени көрип жуғырып келди ҳәм: . - Моя любимая подружка, моя равестница, моя дорогая,- деп мени қушақлады. Екеўмиз бираз сөйлесип отырдық. Мен: . - Үйиңниң жүги болғаныма, я және барма? -деп сорадым. Ол: . - Бул жерде болғаны алдын бир бөлегин самолётта жибергенбиз, ал мебельлерди ҳәм айрым затларды қоңсыларға естеликке тарқатып бергенбиз- деди. Ол қолына қысып услап турған затын маған берди ҳәм: . - Раночка это на память от меня, не забудь меня,-деди. Қарасам өзиниң шашына тағып жүретуғын әкеси Германияға барғанда әкелип берген заколка*(1)сы екен. Ол оны қәстерлеп жақсы көрип тағатуғын еди. Сен мениң қыймас достымсаң деп маған естеликке берди. Мен де қарап отырмай көйлегимниң жағасына қадалған брошька*(2)ны дәрҳал алып бердим. - Танюша а это от меня напамять!-деп қайта -қайта қушақласамыз. Оның үйиниң дөгерегинде адам көп тек рус миллетинен емес бирге отырған, бирге қатнасқан жергиликли халық - қазақ, қарақалпақ, татар, немецлер де бар. Олар Таняның әке - шешеси менен хошласыўға келген. Оның әкеси: . - Мои ро… Читать полностью →
❤11
211 ·
И
🦢. Орынбасқан, . из басқан . - 15 - Ата - анам мениң кеўилсиз жүргенимди сезип жүр. Әкем: . - Қапа болып жүрме?- десе, анам: . - Аўа, еки бирдей айралықты көтере алмай жүр,- дер екен. Олар мениң кеўлимди алыўға ҳәрекет етип атыр. Маған ананы - мынаны айтып алдастырып атыр. Әкем кеште жумыстан келген соң бәримизди жыйнап китап оқып берди. Үкелерим түсинбесе, өзи китап қаҳарманлары туўралы түсиник береди . Бир күнлери Танядан хат келди. Қуўанышымда шек жоқ, тап бир Таняның өзи келгендей. Анама қарап алып жуғырдым, мен: . - Ана қараң - шы Танядан хат келди, ол мени умытпаған екен,- деймен. Анам: . - Жақсы болыпты балам, қәне ашып оқымайсаң ба, әлбетте ол сени умытпаған, себеби сен оның ең жақын достысы едиң,- деди. Ол хатында: . " Дорогие мои земляки! Это с пламенным приветом Таня! Дорогие мои я скучаю по вас, особенно Раночку! Мои родители тоже привет передаёт. Раночка моя дорогая как ваша самочувствие, родители как, у них всё порядке? Как учёба? Пятёрку получаешь? Думаю... Да! Я скучаю по нашим городом, скучаю по друзьям, скучаю по тебе. Я снова хочу увидеть нашу родную землю, наш - Арал! Мы благополучно переездели в Россию. Пересели. Потом немножко время прошло и увидела Нади. Она ко мне приходила, что - б увидеть меня. Я сказала ей ваша слова. Она удевлялось и: . - Она - есть наша дорогая подружка, ей привет передай от меня ,- так сказала. Она сказала, что уних переселение трудно было. Мы еще не привыкли к здешнему жизни. Нам - родительям здесь не понравилось. Поэтому мы еще в Россиях перезжаем на другую город. Я потом подровно напишу тебе. Я люблю и обожаю тебя, моя милая подружка! ❤️ Всем привет и особенно родительям передай привет! И нашу соседу Халийла ага тоже передай!- деп қойған екен. Хатты оқып болып оны сағынғаным сонша көзимнен жас шығып кетти. Хатты көкирегиме басып бираз жүрдим де соң анама не жазғанын айтып бердим. Анам маған: . - Енди өзиң жуўап жаз!- деди, мен: . - Мен қалай жазама… Читать полностью →
👍14❤10
173 ·
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
Фотография
#Таңғы_тилек 🥰 АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ! ✨🌸 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! ✨🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын! ✨☘️ Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын! ✨🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз. ✨☘️ Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын. ✨🌸 Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
🙏33❤9👍2💯1🔥1
16 · 153 ·
Аудио
АЙЫМХАН_АПА_ШАМУРАТОВА_Болар_косыгы_Архив.m4a · 3.8 МБ · нажмите — покажем
АЙЫМХАН АПА ШАМУРАТОВА Болар https://t.me/ibratli_sozler
👍17❤2
5 · 97 ·
Фотография
Аспан жулдызын көпсинбейди; Неғурлым жарық жулдызлар көбейген сайын дүнья шырайланып, көринис айдынласады. Ал: " Көкте мен ғана жарқыраўым керек!" Дейтуғынлар, дүньяны түнекке айналдырғысы келетуғынлар... ✍ АЙТ-МАН https://t.me/ibratli_sozler
👍18❤1
236 ·
Видео
965 КБ
#ҳикмет "ПАЛКЕРДИҢ ӘЗЗИЛИГИ" Палкер базарда отырып, адамларға пал ашыў жолы менен олардың пулын алар еди. Бир ўақыт оның алдына бир адам асығып жуўырып келди: - Ҳәй палкер, үйиңе жуўыр, урылар есигиңди бузып кирип, үйиңдеги бар мал-мүлкиңди урлап кетти, - деди. Қорқынышқа түскен палкер дәрриў орнынан турды ҳәм базарды басына көтерип «дат» салып үйине қарап жуўырды. Оның жағдайын көрген бир адам палкерди жолда тоқтатып: - Ҳәй бирәдар, үйиңде нелер болып атырғанын билмейди екенсеңғо, қалайынша басқалардың өмиринде болыўы мүмкин болған ислерди алдыннан айта аласаң? - деди. •┈•┈┈•┈•⊰☘🌹☘⊱•┈•┈┈•┈• https://t.me/ibratli_sozler
💯24😁8❤5🔥2
91 ·
Фотография
Тек Әкеңиз ғана оқыўыңыз ушын ақырғы пулы болсада береди! Тек Әкеңиз ғана қыста өзи жуқа кийинип, базардан сизге етик алып береди🥹 https://t.me/ibratli_sozler
😢36❤15💯6👍1🔥1
32 · 1.1K ·
Ссылка
нажмите — покажем
📚📚📚 ТӨРТЛИКЛЕР 📚📚📚                                             📚📚📚 Акылгөйлик қылма ҳеш бир адамға, Ис жүзинде өрнек көрсет оданда. «Акылыңды басыңа жақ» деген –ғой, Ата-баба баяғы бир заманда.                      📚📚📚 Түссеңдағы ҳәзир қайсы гүзарға, Барлық жоллар апарады базарға. Сөзиң қарыйдарсыз қалмасын шайыр, Бул жағында есиңде тут жазарда.                                    📚📚📚 Дүзиў жүр, адамлар сеннен қашпасын, Көзге түссең мурты жыбырласпасын. «Пенсияға қашан кетер екен?!» деп, Бирге ислеўшилер  сыбырласпасын.                                         📚📚📚 Набада кимгедур жақсылық етсең, Зыяны жоқ оны умытып кетсең. Ким саған жақсылық қылса бирақ та, Оны есте сақла сен ҳәмме ўақта                                             📚📚📚 Афандиниң өлген екен ешеги, Басын жолға қыстырыпты деседи. «Бунең?» десе, айтты: «Көрип ешеклер, Ешеклигин қойып, жөнге түседи…»                                          📚📚📚 Өз үйиңде конағыңның көзинше. Пышығыңа «пыш» деп жүрме, өзиңше. Хан қызындай кеўли нәзик қонағың, Сәл нәрседен сетем алар сезинсе.                                         📚📚📚 Адамлар бар: өзимшиллик бийлейди, «Өзим» десе, басқаларға иймейди. Садағаң кетейин, Саъдий айтқан-ғой: «Өзин сүйген өзгелерди сүймейди».                                        📚📚📚 Туўып өскен елин сүйе алмады ол, Оны жек көриўден уялмады ол. Көшип барған ели буны жатырқап, Ҳеш жерди «Ўатаным» дей  алмады ол.                                       📚📚📚 Улт айырғыш болсаң улус  жақтырмас, Ис түскенде хызметиңе тақ турмас. Ак кеўилиңнен араласып жасасаң, Алаламас, қанатлыға қақтырмас.                                          📚📚📚 «Наўайы, Бердақ, мудам халықтың аўызында… Деп налыды шайыр. Жубатып сонда, «тамыр таныслық-ғой-деди бир жорам, -Оларда таныс көп . ҳәмме заманда…»                    📚📚📚 «Ақылды ақмақтан үйрен» дегенге, Биреўин ушыраттым, ийни келгенде. Ол айтты: «Шайырлық деген өзи не ? Жумыс-пумыс таппадыңба өзиңе?!...»                 ✍И. Юсупов https://t.me/ibrat… Читать полностью →
👍18❤8
2 · 175 ·
Фотография
"ДЫҚҚАТ" СИЗ ОЛАРДЫ ТАНЫЙСЫЗ! "РУБРИКАМЫЗҒА НӘУБЕТТИ БЕРЕМИЗ!? !!!
❤1
1.1K ·
Ссылка
нажмите — покажем
🌟 ҚАРАҚАЛПАҚ ДҮНЬЯСЫ КАНАЛЫНА МАРХАМАТ! ❤️ ❤️ Қарақалпақстанның бай тарийхы, әжайып мәденияты, миллий қәдриятлары ҳәм уллы мийраслары сизди қызықтыра ма? ❤️ Онда бизиң «Қарақалпақ дүньясы» каналымызға қосылың! 😍 📚 Каналымызда сизди төмендегидей қызықлы мағлыўматлар күтип тур: 🏛 Қарақалпақстанның тарийхы ҳәм өткен дәўирлери 🌿 Миллий мийрасларымыз ҳәм үрп-әдетлеримиз 📜▪️▪️ Белгили тарийхый орынлар ҳәм тарийхый шахслар 🧠 Қызықлы викториналар ҳәм билим сынаў сораўлары ❓ Ақыл-ойды сынайтуғын қызықлы жумбақлар 🎬 Әжайып мағлыўматлар, видео ҳәм жаңалықлар ❤️ Халқымыздың мәденияты, тили ҳәм миллий мақтанышлары! Өз тарийхымызды умытпайық, мийрасларымызды бирге үйренейик ҳәм келешек әўладқа жеткерейик!❤️ 🤝 Досларыңызды да шақырың! Бирге болайық, бирге үйренейик! 🔥 Егер сизге Қарақалпақстан жайлы қызықлы мағлыўматлар унаса, онда бизиң каналымызға қосылың! 🔗 Қосылыў ушын мына силтемениң үстинен басың! 👇👇👇 [https://t.me/qqdunyasi77] ❤️ [https://t.me/qqdunyasi77] ❤️ [https://t.me/qqdunyasi77] ❤️ 🌟 ҚАРАҚАЛПАҚ ДҮНЬЯСЫ — ӨЗ МИЙРАСЫМЫЗ, ӨЗ ТАРИЙХЫМЫЗ, ӨЗ МАҚТАНЫШЫМЫЗ!
👍6🔥3❤1💯1🥰1
3 · 511 ·
Ссылка
нажмите — покажем
#Ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл мақаллары. Атаның ақылы пайдасыз болса, Қара сөзге қазан қайнамас. Белден қуўат кеткен соң, Ғарға адым жер муң болар. Қараша көзден нур кетсе, Бир көриўге зар болар. Тириде сыйламаған ағайын, Өлгенде жыламайды. Тириде татыўы жоқтың, Өлгенде ашыўы жоқ. Төрт аяқлыда-бота татыў, Еки аяқлыда-бөле татыў. Өз сүйгениң өзине, Ҳүр көринер көзине. Асқар-асқар таўлардың, Панасы болмас атадай. Шапан алма астар ал Қатын алма қостар ал. Ер бала ата-анаға таяў, Қыз бала үйге жаққан бояў Жақсы ата жаман балаға қырық жыл азық. 🍃💐🍃💐🍃💐🍃💐🍃💐🍃💐🍃 https://t.me/ibratli_sozler
116 ·
Фотография
#Халық_шайырлары Малы дүньясын гизнеген, Өзин мақтап көп сөзлеген. Бийтаныс жерди гезбеген, Мийманның қәдирин билмес. Мийнет палын билмегенлер, Мәжилисти бир көрмегенлер. Аббаз Дабылов, "Баҳадыр" дәстанынан. https://t.me/ibratli_sozler
👍1
4 · 391 ·
🦢. Орынбасқан . из басқан . - 16 - Екинши қызы - Алтынайдың кетип қалыўынан қорыққан үйдиң иши үлкенин ортаға алып сөйлести. Үлкен қызға: " егер сөйлесип жүрген жигити болса жолды босатыў кереклигин жеңгелери айтқан ". Сол ўақта уялған ба? Жигитим жоқ дегенсин үйдиң иши ағайын - жек жаттан жигит излестирди. Бир күни Нөкисте туратуғын алыслаў ағайин кемпир - ғарры қыдырып келди. Олардың да баласы үйленбей жүр екен. Кемпир - ғарры бизде қыз бар екенлигин еситип жабыса кетти. Бизиң үйдегилер сыр бермеген менен буларға да " қуп " түсти. Кемпир - ғарры шаққан екен, баллар бир - бирин көрсин дегенге қарамай: . - Болды, бул бизиң қыздың қолын сорап келгенимиз болады, ендигиде күйеў балаңыз бенен ушырастырыўға келемиз ҳәм де қызға мақул түссе биротала алып кетемиз,- деди. Солай етти де, жигитти алып келген күни болса, бизиң шаққан қыз оннан да шаққан болып жигити менен қаша жөнелди." Порханнан қашқан жиллидей " дегендей қыздың бул не қылғаны екен?- деп үйдиң иши абыр - сабыр бола қалды. Қыздың жигитиниң үйи де дәрҳал той берди. " Апам кетти, мен қалдым " ,- дегендей үйдиң кишкене қызы да қашып алып ө- т -ә кетти. Жақсы болсын, жаман болсын," қыз бала палахманның тасы, қайда атса, сонда түседи ",- деген. Екеўи еки үйдиң шырағын жағып өте шықты. Үйдиң иши " барған жеринде суўдай сиңип, тастай батсын! "- деп тиледи де қала берди. Еки қыздың да турмысы жүдә аса мақтағыдай болмаса да, орта дәрмиян хожалық болды. Үйдегилер қыз бала барған жерде жыламай жүрсе болар дейди. Бизиң Таня менен Надядан сол кетистен хабар болмады. Таняның соңғы хатынан соң оған жазайын десең адреси анық болмаған соң жаза алмадым. Ҳәр ўақ, ҳәр ўақта есиме түссе: " аман жүрсе болар, жақсы көрген досларым еди -аў! "- деп қояман. Және бир қыялым: " гей биреўлер жақсы болып кетсе хабарласпай кетеди, ал гей биреўлердиң жағдайы төмен болса хабарласпайды ,- деймен. Өзимше: " илайым досларым қайда жүрсе де жақсы болып жүргей! Өз күнине аман болғай! "-… Читать полностью →
😁1
91 ·
🦢. Орынбасқан . из басқан . - 17 - а то остаёте у дорогах, не стесняйте!- дедим. Кеш болғанда Мойнақтың шегарасына жеттик,- деп шофёр ескертти. Автобус тохтағаннан кемпир: . - Где моя Родная земля, где моя Родина, где моя детство, где моя юность, где остались мои родители?- деп кемпир автобустан түсалмай толқыўдан боз боран болып жылады. Жигитлер кемпирди сүйеп түсирди. Кемпир жерге түсиўден жерге бойын таслап өкирип жылай баслады. Топырақты сүйип, көзине сүрме етти ҳәм: . - Пусть теперь я здесь умру, мне сёравно, теперь нету мечты, моя самая мечта была- увидеть свою землю, Спосибо вам всем!- деп атыр . Кемпир бағанадан бери жарылып кетейин деп зорға отыр екен, бийшара. Мен:" баратуғын жериме алып кетсем бе екен?! "- деп ойланып және өзимде биреўдиң үйине қонаққа баратырған болсам,-деп егленип қалдым. Автобустан түскен соң бизлерди классласлар машинлары менен күтип турған екен. Оларды көрип толқыў сезими менен кемпирди умытқан екенмен. Мен бирақ автобустан түспестен бурын хошластым. Кемпир менен қызы өлердеги сөзин айтып қайта -қайта рахметлерин айтты. Мен қызына: . - Если Хакимията ни кто, не будет тогда, на любой дом обращайтесь, здесь все люди добрые, примет вас как гости, жаль что, я сама в гости иду, если здесь была -б мой дом тогда заверу вас домой, не стесняйтесь, сделайте как я сказала,- деп хошластым. Соң классласларға айтқанымда бағана сол жерде айтсаң болады ғо, ҳәзир барып излеп қайтамыз,- деди классласларым - Бахытбай, Оразбек, Лепесбай ҳәм Суханбердилер. Соң излеп қайтты. Ҳәкимиятқа барған: " ол жерден табалмадық, мүмкин бир жақсы адам үйине қудай қонақ қылған шығар, бул жер - Мойнақ деген, бул жерге келген адам далада қалмайды,- дести. Кеўлим тынышланайын деди және ойлап отырсам: . - Рай еле ойлап отырсаң ба? Қой болды! Жигитлерге тапсырып қойыппыз, көшеде жалғыз жүрген кемпир ҳәм қызды көрсе, дәрҳал бери алып келиң!- деп қойыппыз, Мойнақ өзи кишкене жер болса, жигитлер дәрҳал таб… Читать полностью →
1 · 332 ·
🦢. Орынбасқан . из басқан - 18 - ( автордан ) . Шығарма турмыстан алып жазылды. Ондағы махсет халықтың турмысындағы басынан өткергенлерин, қыйыншылықларын, сондай-ақ миллийликти жаслар аңлап, ўақыттың өтиўи менен еслеп отырсын деп өз қаҳарманларым тымсалында сүўретлегенмен. Керекли қатарлары бәлким жасларға үлги болар! Шығарма оқырманларымның кеўлинен шықса, мениң де кеўлимниң толғаны! ✍Рано Сагидуллаева Тамам! https://t.me/ibratli_sozler
122 ·
Фотография
"СИЗ ОЛАРДЫ ТАНЫЙСЫЗ РУБРИКА"МЫЗҒА БИРНЕШШЕ, ДЕРЛИК КӨПШИЛИГИ ДУРЫС ЖУУАП  ЖОЛЛАҒАН. ДЕМЕК: 1. АРЗЫГҮЛ АТАМУРАТОВА. 2. ХАНЗАДА ПАЛУАНОВА. 3. ГҮЛПАРШЫН СЫРЫМБЕТОВА. 4.СУЛЫУХАН МӘМБЕТОВА. 5.ТОХТА РАХМАНОВА. БӘРШЕ - БӘРШЕ ДУРЫС ЖУУАП ИЙЕЛЕРИНЕ, ҚАТНАСЫУШЫ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРГЕ М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ БИЛДИРЕМИЗ! https://t.me/ibratli_sozler
605 ·
И
Фотография
Бир күн келип бүгиниңиз де тарийхқа айланады... Өтмишим еслеўге ылайық болсын десеңиз, арзыйтуғын ислер ислең! Ҳешкимниң кеўлин аўыртпаң... Сөзиңизге абайлы болың, сөз аўыр жүк. Дене ҳәрқандай жүкти көтере алар, бирақ кеўил ҳәмме сөзди де көтере алмайды... Қайырлы түн Қәдирданлар! Түниңиз тыныш өтсин.! https://t.me/ibratli_sozler
1 · 85 ·

Открытая публичная лента из поискового индекса ChatCrawler — «Google по публичному Telegram»; обновляется по мере обхода площадки. Время — UTC.

Только публичный контент, официальный API Telegram. О проекте · Вопросы · Границы индекса · Убрать страницу из выдачи · Каталог · Поиск · Как мы считаем