#Дийдар_ғәниймет
Ата-анам қартайған ўақтында ғам шекпесин десеңиз, ҳәрдайым олардың сөзлерине, мәсләҳәтлерине ықылас пенен қулақ салып отырың. Бирақ жумысыңыздағы, көшедеги тәшўишлериңизди оларға жеткизе бермең.
Иләжы барынша ондай мәселелерли өзиңиз шешиң. Онысыз да ярым болып қалған кеўиллерин жарақатлай бермең.
Ата-анаңызды қуўантатуғын сөзлерди таўып, ойланып сөйлең. Олардың дуўаларын алың. Сонда берекет табасыз, иншааллаҳ!
Олардың алдында ҳаял, бала-шағаңызға даўыс көтермең, жекиринбең. Шаңарақлық мәселеңизди өзиңиз тыныш жол менен питкериң.
Күн ара қалталарына пул салып қойың. Бирақ қайда, неге жумсағанын сорастырмаң.
Олар сизди адам қыламан деп Алланың берген өмирин, денсаўлығын ҳәм байлықларын қурбан етти. Оны ҳасла ядтан шығармаң!
Ойламаған жерде олардан көз жазып қалыўыңыз мүмкин. Олардың дийдарына тойып, дуўаларын ала бериң. Артық болмайды.
Дийдар ғәниймет...
https://t.me/Sоz_marjani