ChatCrawlersearch across public Telegram Open the app
Т

ТАШКЕНТ СОВХОЗ

4 767 members
13 August 2026
Т
ТАШКЕНТ СОВХОЗ
🎲 “АРАЛ АРЕНА КАНАЛЫ” Қарақалпақша аралас сораўлар testi 🖊 18 ta savol · ⏱ 15 soniya
Т
ТАШКЕНТ СОВХОЗ
Видео
703 KB · click to show
ТАШКЕНТ СОВХОЗ
Сени биреу таслап кетсе өкпелеме. Қураны Кәримде Аллахтаала сондай дейди. “Олар сени таслап кетпеди. Мен оларды өмириңнен шығарып тасладым. Себеби сен еситпеген сәубетлерди мен еситтим” дейди.
Т
Жаслық бир күнде артта қалмайды. Календарыңызға "бүгин жаслығым таўсылатуғын күн" деп жазып қоя алмайсыз. Жаслық күтилмегенде жуўмағына жетеди, сиз оны сезбей де қаласыз. Ҳәтте, хошласыўға да үлгермейсиз.
ТАШКЕНТ СОВХОЗ
💫💫💫 Қәтелеримди басқаларға емес, мениң өзиме айтың. Себеби, оларды туўрылаў басқалардың емес, мениң қолымда.
Опрос
click to show
Опрос
click to show
Опрос
click to show
Опрос
click to show
Опрос
click to show
ӨМИРДИҢ МАЗМУНЫ Ҳәрбир инсан дүньяға не себептен келгенин билмейди.  Өз өмирин мазумнсыз өткереди және оған атираптағы адамларды айыплайды. Өткен өмир менен жасап келешегин умытады. Бул ашынарлы жағдай емеспе? Дурыс ҳәрбир инсан бай болыўды, машина айдаўды, шет елге саяхат етиўди қәлейди.  Бирақ ол ушын не ислеў керек екенин билмейди.  Олар тек аңсат жол менен қыйыншылықсыз бахытлы жасаўды қәлейди. Бирақ "Бахытқа аңсат жол менен ерисип болмайды. Бизлердиң ең үлкен айыбымыз ўақтымызды заялап бос өткериўимизде.  Егер ўқтымызды дурыс бөлистирип билсек бизлер бахытқа жақынласып өмиримиз мазмунлы өте баслайды. Бизиң кәмбағал болыўымыздың тийкарғы себеплеринен бири қорқақлық, ҳәрекет етпеўимиз ҳәм китап оқымаўымыз және  үйренип-изленбеўимиз, басқалар не дейди деп жасаўымызда деп ойлайман. Бай болыў ушын не ислеў керек? Сиз өзиңизди ҳәрбир тараўда сынаўдан өткериң. Өзиңиз анық жақсы көрген мақсетиңизге қарап жақынласың. Ҳәрбир кемшилигиңиз сизди жетискенликке жетиўге бир қәдем жақынлатады. Көп китап окың. Көп китап оқыған адам терең пикирлейди,  мақсетке жетиў ушын не ислеў керек екенлигин түсинеди. Өз-өзиңизге бул исти ҳәзир исле деп өзиңизге мотивация бериңиз. Бирақ соны умытпаң сиз бай болыў ушын емес, ал өмирде бахытлы жасаўға ҳәрекет етиң! ✍Нилуфар Сапарбаева
Уяда не көрсең соны илерсең....   Шаңарақта инсан тәрбиясына тийкар салынады.   Шаңарақ-балада қәлиплесиуи керек болған барлық инсаныйлық гөззал пазыйлетлерди тәрбиялайтуғын өмир мектеби.   Шаңарақта ата-ана перзентлерине жақсы тәрбия бериу ушын оларға ақыл нәсият береди. Өмирге туры жол көрсетип бағдар береди. Перзентлериниң келешекте әдеп-икрамлы, ел-халқына садық, ата анасына мийрим-шәпәәтли болыуын қәлейди. Жақсы инсан болыуы ушын ата-ана перзентке өзи үлги болады.   Себеби "Қус уясында көргенин ислейди". Өзиндеги бар гөззал инсаныйлық пазыйлетлерди перзентлер қәлбине сиңдирип барыуы керек. Айтқан ақыл-нәсиятқа әмел етпесе, перзент тәрбиясы өзгерип, жаман жолларға түсип кетиуи мүмкин.   Перзентлерге әтираптағы инсанларға жақсылық етиу, шийрин сөзли болыу, мийнет сүйгишлик, устазларын хүрмет етиу, ар-намыслы болыуға шақырыуы керек. Халқымызда инсаный қәдир-қымбаттың тийкарында әдеп-икрамлылық, әлпайым минез-қулық хәм  адамлар менен қарым-қатнас турады деп айтылады. Қызларымызды ийбели, уят, ар-намыс, шийрин сөзли болыуға, ер балаларымызды ер жүрек батыр, бир сөзли, өнерли, мийнеткеш етип тәрбиялау керек.   Шаңарақта төримиздиң жарасығы болған кекселеримиз ақыл-нәсиятын берип отырады. " Көп жасаған емес, көпти көрген биледи" дегендей өмир сынақларын басынан кеширген адамнан турмыстан түйгенлерин тыңлап әмел етиуимиз керек. Көрсеткен жол-жобасы менен ислесек гөзлеген мәқсетимизге ерисе аламыз. Сонша жыл жасап, мал-дүния жинап, байлық топлап, перзентлерине туры жол көрсетпесе, жөнсиз ислердиң алдын алмаса, арттырған байлығы көзге де көринбей қалады. Байлық қолдың кири, ал жақсы пазыйлетлер инсан қәлбинде сақланып қалады.   Турмыстада "кемпирдиң баласы" апасының тәрбиясын алған бала деген сөзлерди еситемиз.   "Қариясы бар үйдиң периси бар" дегендей жасы үлкенлер нәсияты, тәрбиясы өзгеше тәсир етеди.   "Кең кийим-тозбайды, кеңесли ел-азбайды"  дегендей шаңарақтағы үлкен той-мерекелерде де жасы үлкенлер менен ойласып, кеңесип, мәсләхәтлесемиз. Жасы үлкенлер бас
Егер отырып алып адамлардың сизге қылған жаманлықларын еслей берсеңиз, ҳәтте, ең жақын адамларыңызға да сизиң жүрегиңизден меҳирге орын қалмайды.
ҚАРТАЙЫЎДА  БАХЫТ Әже, апа  болдыңызлар қатар қурбылар, Сизлерсиз мениңде кеўлим шалқымас, Елиң абат болса өмириң қулпырар Шад болсаң артады жасаўға ықлас. Туўрылық нышаны - оқыдық намаз, Әўелден кеўлиң пәк болса пәксең, Кеўил хошлықтанда болмағыл араз Нәпс- шайтан, алдар болмасан  сақ сен. Билсең: қартайыўда адам әрманы, Бахыт: жетистик деп етсек  жәрия, Бизге алып берди "өмир тарланы" Байрағымыз деген " Жаса қарыя" Ғаррылық дәрт емес сақлан инсапты, Билдирейик елге миннетдаршылық, Рети келсе күш ғайратты  жумсап қал, Қартайсаң да ақыл - хуўшың баршылық. Сенбир гүжим терек шақалы нәрўан, Мазмунлы жасай бил, қалмасын әрман. Картайсаң да жүректеги мәргияң, Жаслар кеўлин тартпағы шәрт қариям. Гүлбахар Қарабаева.
Қыстаудағы түн Бүгінгі қысқы түн тым аязды еді… Даланы ақ боран жалап өткен. Көк аспанның өзі мұз болып қатып қалғандай. Қыстаудың шетінде отырған Батима жұқа ғана полтосының етегімен екі баласын қымтап отыр. Балалардың қолдары мұздап кеткен. Бірі анасының бауырына тығылып, бірі үнсіз ғана қалтырайды. Батиманың денесін аяздан бұрын қорқыныш тоңдырып бара жатты. Айдала. Төрт құбыла түгел қараңғы. Тек алыстан анда-санда еркектің қарлығыңқы дауысы естіледі. Аузына келгенін айтып боқтап, бұларды іздеп жүр. Сол — күйеуі. Кенет… Гүрс! Қосауыз мылтық атылды. Балалар селк етіп, шешесіне жабыса түсті. Батиманың жүрегі аузына тығылды. “Тапса… атады…” Ол мұны бос қорқыныш емес, шын қауіп екенін білетін. Батима не үшін жылады? Байлық үшін емес. Біреудің малын бағып отырған осы қыстауда жылу көрмегені үшін жылады. Күйеуі ішіп кетеді де, қой соңында өзі салпақтап жүреді. Қар кешіп, боран кешіп, қозы іздеп, от жағып, су тасып жүрген — осы әйел. Ал алғысы келетіні не еді? Бір ауыз жылы сөз. Бір түйір мейірім. Бір түн тыныш ұйқы. Бірақ оның тағдырында айқай ғана бар еді. “Қайтып барайын төркінге…” деп талай ойлады. Бірақ төркіні де пана болмады. Адуын жеңгесі қабақ шытса болды, Батима өзін артық адамдай сезінетін. “Келіп алып мойнымызға мінеді” деген суық сөздерден кейін ол жаққа баруға жүрегі дауаламады. Сөйтіп, Батиманың барар жері қалмады. Бір жағында — араққа тойған күйеу. Бір жағында — сыйдырмаған төркін. Ортасында — екі бала. Аяз күшейе түсті. Балалардың бірі сыбырлап: — Апа, үйге қайтамыз ба? — деді. Батима үн қатпады. Қай үйге? Өзіне пана болмаған жерді үй деуге бола ма? Ол көз жасын білдірмей сүртіп алды. Балалары көрмесін деді. Ана жыласа, бала үмітін жоғалтады. Сол түні Батима алғаш рет аяздан емес, адамнан тоңды. Қасқырдан емес, өз шаңырағынан қорықты. Және сол түні ол бір шындықты түсінді: Кей әйелдер күйеуінен кетпей жүргендіктен емес, барар жері болмағандықтан шыдап жүреді. Таң ата ма, атпай ма — оны Батима білмеді. Бірақ екі ба
Салақ қатын Біздің көршіміз Сабира салақ онымен қоимай олақ еді . Таңертеңнен кешке дейінүй қыдырып балпылдап әнгіме айтатын . Үйі ыбырсып , қазан - аяғы жуусыз , көрпе - төсегі кір - кір , текеметі салтақ - салтақ . Өзі туғыш , жыл сайын туып жеті бала - шағасы бар . Шалы әйелі өліп , байдан қайтып келген осыны бір қызымен алған . Шалдың алғашқы әйелінен қалған екі қызы әлдеқашан тұрмыс құрып , өзге ауылда . Шал соғыста басынан соққы алған . Кейде ашуланып , апамызды сабайтыны бар . Бірақ , апамыздың қыртынада кірмейді . Сол салақтығы . Көкеміз жұмыстан келерде апыл - ғұпыл үйіне келеліде бірдеңе пісіргенсиді . Қыздар өсседе сол үй жинала қоимады . Бәрі кетті бет - бетімен . Екі ұлда ауылда , еншісі бөлек . Кенже ұл отыздан ассада басын құрай қоимады . Әкесі әлдеқашан о дүниелік болған . Негізі Сабира апамыздың ұлдары қои аузынан шөп алмас жуас еді . Ауылдың батыс жағында ең шеткі үй , тіпті ауылдан екі шақырым қашықтықта тұратын Жұмабек деген кісі бартын . Малы көп , қоңды . Соның Ырысхан деген отырып қалған , жасы отыздағы мұғалім қызы бар . Ине жеген иттей ілмиген , жағы - жағына жабысқан арық . Қыз болып боянуды , қылымсуды білмейтін Ырысхан шашын желкесіне түйіп қоятын . Және өмірі сол прическасын өзгерткен емес . Ырысқан апай деп атын естігеннен оқушылардың зәресі ұшатын . Жұрт “ Жұмабектің жалмауыз қызын ешкімде алмайды “ дейтін . Бір жеңгесі бір жігітті таныстырыпты . Сонда Ырысқан “ Жоғал ! Маңдайыңнан ұрып , таңдайыңды түсіремін , аузыңас… ! “ депті деп күлетін . Сол Ырысқан елді таңқалдырып Сабира апамның үйінің босағасын келін болып аттады . Мұндада ел , ағайын бар қыз үйіне қалың малына бір қои мен ақшасын дайындап отырған . Қуғыншылардан Жұмабек сәлем айта жіберіпті . “ Қалыңмалды қызыма берсін “ Бұндайды кім көрген . Оны шымылдықтың ішінде түрінде бір эмоция жоқ келіннен қалай сұрасын . Ақшаны алдыда жанындағы былғары сары сөмкеге салып қоиды . Беташар өткен соң Ырысхан үйдегі сасыған бар затты лақтырды . Ұста жалдап үйдің іші - сыртының с
ШАДЛАНЫП ЖАСАҢЛАР АДАМЛАР Пәк тутып азада кеўилди, Ҳәр күнди өткерип кеўилли, Қысқартпай өлшеўли өмирди, Шадланып жасаңлар адамлар. Жақсылық кеўилдиң айнасы, Ҳақ кеўил жақсылық шайдасы, Өмир бул-әлемнен пайғазы, Шадланып жасаңлар адамлар. Қыйнамаң жүректи орынсыз, Ис тутпаң кеўилге қонымсыз, Көз әзел дүньяға тойымсыз, Шадланып жасаңлар адамлар. Тәшўишлер таўсылмас қырық өрим, Шешилер ойланып бир көриң, Шарасыз тек ғана бир өлим, Шадланып жасаңлар адамлар. ✍ Раўаж Отарбаев
ЖАСЫРЫН ЖАҚСЫЛЫҚ Рысбийке апа еки саўын сыйыр саўғанлықтан, оның сүтлерин гейде уйтып, гейде солайынша базарға шығарып сатар еди. Базарға арасында қызлары Үмитханды, арасында Улбосын алып кетеди. Олар кишкене мектеп оқыўшысы болса да, апасына көмеклесип, сүт-қатықларды тезирек сатыўға жәрдемлеседи. Рысбийке апа бир күни қатық-сүтлерин таярлап, базарға кетейин деп турғанда, тосаттан бир жумыслары шығып қалды. Сол ўақта үйде ортаншы қызы Улбосын бар еди. Ол: — Апа, қатықларды мен сатып келейин, базар жақынғо ҳәм сатып билемен, өзиң билесеңғо, апа, — деди. Рысбийке кишкене ойланып турды да: — Яқшы, қызым, бар да тезирек сатып келеғо, — деди қызына қатық оралған түйиншикти услатып. — Көп отыра берме, кеселеп ишемен дегенге кесе менен бер, болмаса көтере бер де қайт, қызым, — деди Рысбийке бир жағынан қәўетерленгендей. Улбосын қуўанғанынан түйиншигин қушақлап, базарға асықты. Ол өзинше жалғыз саўда ислеп, пул таўып, апасын қуўантқысы келди. Шымбайдың шар базарында қатық-сүтшилердиң қатарына барып отырып, сата баслады. Сол күни базарға жүдә көп сүт-қатық келген бе, Улбосынның әкелген қатығы бирден өте қоймады. «Еле өтедиғо, түске шекем ўақыт бар», — деп турғанда, Улбосын мектептеги ең жақсы көретуғын муғаллими Айсәнемди көрип қалды. Ол сол муғаллимин сондай дәрежеде жақсы көреди, оны ушыратқанда тап анасын көргендей қуўанады. Қатықларының ишиндеги ең үлкен ыдысқа уйтылған қатығын алып, муғаллиминиң изинен барды. — Ассалаўма әлейкум, устаз, — деп муғаллими менен сәлемлести. Муғаллими де қуўанып: — Улбос, Уаликум ассалам қалайсаң, қызым? Базарда не қылып жүрсең, бир өзиң? — деди. Сонда Улбосын: — Муғаллим, апам Сизге қатық берип жиберип еди. Үйинде балалары менен ишсин деди, — деп қолындағы ыдысты муғаллимине берди. Айсәнем устаз: — Ҳаў, қызымаў, не қылайын деп едиң, шәрт емес едиғо, — деди қысынып. Алмайман дегенине қарамай, Улбосын: — Апам өкпелейди, — деп, қалай болмасын устазын көндирди. Сөйтип, Улбосын түс болмай-ақ қатық-сүтлерин толық сатып, үйине қайтты. Жолда кият
Өмирден Адамның минез-қулқы менен тәрбиясы, оның жаратылысы бирдей болмайды. Мен енесин ямаса келинин жаманлайтуғын адамларға ҳайран қаламан. Мысалы мениң төрт келиним бар, төртеўи төрт дунья. Биринши келинимди он жети жасында келин қылдым.  Ол саўаты жоқ, бирақ үй жумысына бенде емес. Өзим тәрбиялағанман. Наны болсын деп орта мағлыўматлы мийирбийкеликке оқыттым.  Ол келинликте меннен алық. Екинши келинимди студент ўақтында узатып алдым. Ол кемкеўил, тек марапаттың адамы. Урысып көрдим. Болмады. Кейин оны еркелететуғын болдым. Оның да еплеп тилин таўдым. Жаным қызым десем еки аяғын қолына алып жуўырып келеди. Үшинши келинимди отыз жасында узатып алдым. Ол жүдә саўатлы, жасына сай. Бирақ тек оқыў менен бәнт болған. Ол өз билгенин ислейди. Оны келин қылар ўақтымда илимпазды тәрбиялайман деп өзиңнен суўытып алма деп досларым айтқан еди. Ол шаңарағымыздың абырайын көтерип жүр, бир сөзли. Төртинши келиним оқыўын питирип, жумысқа кирип жигирма үш жасында келин болып келди. Мектепте муғәллим. Ол орташа. Бирақ бақырысыма шыдайды. Қолынан келгенинше үйди үй қылып отыр. Ислегенин онша унатпайман. Тәрбиялаўға мен де диңке де, сабыр да жоқ. Деген менен ертең қартайғанымда оннан басқасы қарамайтуғынын, қызларыма да  аўырлық ететуғынымды билгеним ушын  жаман сөз айтпайман. Ақыры бүгинги заманда ене менен жасайман деген қыз шамалы.  Әсиресе европаласып атырған түрклерде. Қоңсыларым бириншиңе жетпейди десе, жолдан азғыратуғын сөз айтса  усы гәплеримди айтаман. Өзим жақсы келин болмағанман. Бирақ жаман келин деген атты да алмадым. Жасым жетписке жетип тек тәңриге шукирлик етип жүрмен. Түркшеден  аўдарған: Айгүл Қосымбетова.
«ҚАСҚЫРЛАР ХАҚҚЫНДА» Пүткил тутас тәбият жаратылысы - адамлар,  ҳайўанат дүньясы,  өсимликлер дүньясы булардың барлығы жер бетиниң бир пүтин балансын сақлап турыўшы тиришилик әлеми. Сол тутас әлемниң бир бөлеги-қасқырлар әлеми. Қарақалпақстан аймағының шарўашылық хожалығы жайласқан районларында қасқырла еле де көплеп ушырасады, олардың тиришилик әлемине терең нәзер салып қарасақ, көп нәрсени билиўге болады: 1.Қасқыр адам қурған қақпанға түссе, тек қолға түспеў ушын, өзиниң аяғын шайнап, босанып шығып кетеди. Бул жерде оның "душпан" қолына түсип қор болып өлгеннен, бир аяқсыз еркинликте жасаўды жоқары қойыў, еркинликти сүйиў, қуллыққа қарсылық сезимлери бар. Сол ушында,  жабайы ҳайўанлар ишинде қасқыр циркте болсын ямаса басқаша жағдайда қолға үйретилмейди, үйренбейди де. Қасқыр баласын қолда сақласаңда, күнниң күни келгенде тоғайына қарап қашып кетеди. «Бөрини қанша сақласаңда, тоғайға қарап улыйды»,--деген сөз усыннан келип шыққан. Және бир мысалы:  қазақ жазыўшысы Мухтар Әўезовтың «Көксерек» шығармасындағы қолға үйретилген қасқыр баласы Көксерек пенен бала Қурмаштың трагедиялық ўақыялары. Бунда, қасқырдың қай ўақытта да «өз нызамлылықларына бағынатуғынын» көриўге болады. 2.Қасқыр ҳәр исин ақыл менен ислейди. Дурыс,  ҳайўанат дүньясының да,  жәнликлердиң де өзине ылайық ақыл өлшеми бар, солайда, қасқырдың балалайтуғын ўақытта инлерин аўылларға жақын әтирапқа қурыўы, өз инине жақын аўылдың малына шаппаўы, ондағы садықлық, өз балаларын жаўыз күшлерден қорғаў сыяқлы түсиниклердиң бар екенлигин билдиреди. 3.Қасқырлар нызамлылықларындағы атап көрсететуғын характерли белгилердиң түрлерине: оның шаңарағына садықлығы, өзлеринен күшли зүррияд қалдырыў түсиниклери, ар-намысты жоқары қойыў сезимлери бар. Атап айтсақ:  а) өмириниң ақырына дейин бир жупты менен жасаўы, егер де жуптысы өлсе, жалғыз жасаўы, ямаса қайғыдан набыт болыўы; б) балаларын тәрбиялаўда қатаңлық пенен жуўапкершиликти баслы орынға қойыўы: олжаны балаларының ортасына әкелип таслап, сырттан бақлап, қа
Т
Туниңиз тыныш болсын. Алла бариңизди, барлык жаманлыклардан өзи сакласын. Танда турып, жаксы кеуил - кейпиятта, зауыклы саубет курыуды Алла несийп етсин. Жаксы дем алынлар!!! КАЙЫРЛЫ ТУН.
Архив по месяцам
Open in Telegram Каталог площадок Искать в ChatCrawler

A snapshot of an open public feed from the search index ChatCrawler — “Google for public Telegram”; refreshed as the venue is crawled. Times are UTC.

Public content only, official Telegram API. About · FAQ · What we do not do · Remove a page · Catalog